ҚАРАҚАЛПАҚСТАН ЖАСЛАР ОРТАЛЫҒЫНДА ДЕВИАНТ МИНЕЗ-ҚУЛҚ ҲАҚҚЫНДА

Authors

  • Камалова Хатира соц.и.к., доцент Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик Университети Социаллық пәнлер кафедрасы доценты
  • Айтмуратова Зиба Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик Университети Социаллық пәнлер кафедрасы ассистенти

Abstract

Өзбекстан Республикасының социаллық сиясатында миллий өзликти аңлаў, миллий ҳәм улыўмаинсаный қәдириятларды өзлестириў арқалы шахс пенен жәмийет ортасында уйғынлықты жүзеге келтириў әҳмийетли мәселелерден бири болып есапланады. Бул бойынша мәмлекетимизде жаслар, оқыўшы ҳәм талабалар қәбилетлери, талантлары, ишки имканиятлары, өзине тән индвидуал-психологиялық өзгешеликлерин изертлеў ушын барлық имканиятлар бар. Мысалы ушын, 2021 жылын Президентимиз Ш.М. Мирзиёевтиң мүрәжатнамасы менен «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлылығын беккемлеў жылы» деп атама қойылды.

Downloads

Published

2022-03-26